Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызметиниң мағлыўматына қарағанда, республикамыздың ең узақ аймақларынан бири болған Мойнақ районында басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем жумысын жетилистириў мақсетинде 6 емлеў-профилактика мәкемеси ҳәм 2 мәҳәлле медицина пункти жумыс алып бармақта.

Президентимиздиң тийисли пәрманына бола, республикамыздың ең шетки аймақлары – Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек, Бозатаў, Шоманай, Қоңырат районларындағы медицина мәкемелерине барып ислейтуғын шыпакерлердиң ҳәр айлық мийнет ҳақысына 100  процент, Мойнақ районында болса, 200 процент муғдарында қосымша үстеме төлемлери төлеп бериў белгиленген. Алыс районларды медицина кадрлары менен тәмийинлеў мақсетинде «Аўыл шыпакери» бағдарламасы шеңберинде Мойнақ районына 14 шыпакер басқа ўәлаятлардан жумысқа қабыл етилип, олар материаллық хошаметленип, турақ жай менен тәмийинленди.

Ҳәзир районда Хорезм, Самарқанд, Ташкент, Ферғана ҳәм Әндижан ўәлаятларынан медицина қәнигелери келип халыққа ийгиликли хызмет көрсетпекте.

Мойнақтан дерлик 1 мың 700 километр узақта жайласқан Әндижанның Жалақудық районынан келген шыпакерлер шаңарағы – Маҳмуджан Абдулазизов ҳәм Матлуба Расулжановалар усындай шыпакерлерден.

-Медицина хызметкерлерин материаллық қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы ҳүжжет шыққанынан соң Мойнақ районында ислеў бойынша министрликке мүрәжат еттик, -дейди Мойнақ районлық медицина бирлеспеси қыстаўлы медициналық жәрдем бөлиминиң шыпакери М.Абдулазизов. – Соннан кейин өмирлик жолдасым менен 2022-жылдың ноябрь айынан баслап Мойнақта жумыс басладық. Буннан алдын Жалақудық районында 30 жылдан аслам қыстаўлы медициналық жәрдем бөлиминиң шыпакери болып ислегенмен.  Бул жерге келгенимизде мойнақшылар жақсы күтип алды. Әлбетте, Жалақудық пенен Мойнақтың айырмашылығы үлкен. Әндижанда халық көп, тығыз жайласқан, соның ушын «Тез жәрдем»ге мүрәжатлар да көп болады. Мойнақта халықтың саны анағурлым аз болғаны менен халық шашаў жайласқан. Соның ушын медициналық бригаданың мәнзилге жетип барыў ўақты узақлаў. Сонлықтан, медицина хызметкерлерине талап жоқары. Тез жәрдем машиналарымыз барлық зәрүрли техникалар менен тәмийинленген. Қалаларда бар шараятлар Мойнақта да жаратылған. Президентимиз «Медицина хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысын мың доллардан асырамыз» дегенинде буған еле бираз ўақыт бар-аў, дер едик. Мине өзим бүгинги күнде 13-14 миллион сум айлық алып атырман…

Басқа аймақтан келип ислеп атырғанлардың арасында педиатр, анестезиолог-реаниматолог, отоларинголог, хирург, уролог ҳәм терапевт сыяқлы қәнигелер болып, олар мойнақшыларға сапалы медициналық жәрдем көрсетиўде жергиликли шыпакерлерге жәрдем бермекте.

Матлуба Расулжанова – педиатр. Ол да өмирлик жолдасы сыяқлы Әндижан медицина институтын тамамлаған. Ҳәзир Мойнақ районы көп тармақлы орайлық поликлиникасында жумыс алып бармақта.

– Перзентлеримиз Әндижанда. Оларды оқыў жылының ортасында басқа жерге көширмедик, -дейди Матлуба. – Кейинги жылдан баслап балаларымызды да усы жерге алып келиўди режелестиргенбиз. Себеби, Мойнақта еле бир неше жыл мийнет етиўди ойлап турмыз.


Қарақалпақстан хабар агентлиги