Мойнақ районында “Жаслар дәптери”не киргизилген 57 жасқа субсидия тийкарында әсбап-үскенелер тапсырылды.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен республикамыз жасларының социаллық-сиясий машқалалары, тилек ҳәм усынысларын үйрениў, оларды шешиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, “Нөкис қаласының тәжирийбеси” тийкарында Мойнақ районы пуқаралар жыйынларында үйме-үй жүрип хатлаў жумысларының алып барылыўы нәтийжесинде социаллық қорғаўға мүтәж болған, бәнтлиги тәмийинленбеген 206 жас “Жаслар дәптери”не киргизилди. Соннан 57 жасқа өзлериниң исбилерменлик жумысын баслаўы ушын субсидия тийкарында әсбап-үскенелер тапсырылды.
Буннан тысқары, Жаслар ислери агентлигиниң қаржысы есабынан 12 жастың мобилизациялық шақырыў резервиндеги хызмети төлеми, 10 жастың айдаўшыларды таярлаў оқыў курсындағы қәрежетлери төлем берилип, 6 жасқа материаллық жәрдем көрсетилди.
Районда жумыссыз ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги