Түркияның «Haber7.com» сайтының бетинде журналист Гунгор Явузаслан қәлемине тийисли «Дүнья тарийхый бурылыс дәўиринде» атамасындағы мақала жәрияланды.

Бул мақала Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйлеўлеринен биринде инсаният ҳәзирги ўақытта «тарийхый бурылыс дәўиринде» екени, дүнья раўажланыўының бир басқышынан жаңа басқышына өтип атырғаны, сондай-ақ, бул дәўир алдынан болжап болмайтуғын дәрежеде белгисиз ўақыяларға бай болыўы ҳаққында билдирген пикири менен басланады.

Автордың жазыўынша, мәмлекетимиз басшысының бул пикири пандемия ақыбетинде пайда болған, көлеми кеңейип баратырған регионаллық ҳәм глобаллық келиспеўшиликлер менен толып-тасқан ҳәзирги күнниң келбетин анық билдирмекте. Материалда мәмлекетимиздиң сыртқы сиясаты жаңа басқышқа көтерилгени регионаллық интеграция, бирге ислесиўши ҳәм қоңсы мәмлекетлер менен аўқамласлық қатнасығының орнатылыўында айқын көрингени атап өтилген.

«Мәмлекет басшысының сыртқы сиясат стратегиясы ҳәзирги күнде де табыслы түрде өмиримизге енгизилмекте, деп жазады автор. АҚШ Президенти Жо Байденниң Шавкат Мирзиёевқа жазған хатында «Орайлық Азия мәмлекетлери арасында регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў процесинде өз-ара қатнасықты раўажландырыў тәрепдары екенлигиңизди айрықша атап өтпекшимен», дегени Өзбекстанның регионаллық турақлылықты сақлаўдағы глобал көлемде сезилип атырғанынан дәрек».

Кейинги төрт жыл ишинде регион мәмлекетлериниң жалпы ишки өними 25 процентке өсип, баҳасы 300 миллиард доллардан асқан. Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында товар алмасыў муғдары 2,6 есеге өсип, баҳасы 6 ярым миллиард долларға жеткени де оқыўшылар итибарына усынылған.

«Дыққатқа ылайық тәрепи сонда, келешекте бул көрсеткиш 10 миллиард доллардан артыўы күтилмекте» жеп жазады автор. Сондай-ақ, мәмлекетимизде шегара машқалаларының шешилиўи темасы, республикамыздың бәсеки ҳәм бирге ислесиў моделине байланыслы мағлыўматлар да ҳәр тәреплеме қәлемге алынған.

ӨзА