Шоманай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 16-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 9-10-класс оқыўшылары арасында Шоманай районы ҳәкиминиң кубоги ушын «Ўатан таянышы» атамасында әскерий-спорт жарысы болып өтти.

Оған аймақларда жайласқан мектеплерден 6 команда қатнасты.

Жарыста қатнасыўшылар әскерий эстафета, мергенлик, сапта жүриў, қосық атқарыў шеберлиги  ҳәм «Темур тузиклери» шығармасынан таярланған сораўларға жуўап бериў бойынша өз-ара күш сынасып, оның жуўмағында 1-орынды 7-санлы, 2-орынды 13-санлы ҳәм 3-орынды 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары ийелеўге миясар болды.

Спорт жарысына район ҳәкими Б.Янгибаев, Арқа-батыс әскерий округи командириниң биринши орынбасары У. Дўсматовлар қатнасып, жеңимпаз командаларға арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы