Бүгиннен баслап республикамыз бойлап «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары басланып кетти.

Бул жойбар шеңберинде аўыл-аймақларда саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егиў, социаллық объектлер, мәдений дем алыў орынлары, кафе, ресторанлардың әтирапларында санитариялық тазалық, абаданластырыў жумысларының барысын қадағалаў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен арнаўлы жумысшы топарлар дүзилди ҳәм олар төрт аймаққа бөлинип өз жумысларын алып бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисовтың басшылығындағы жумысшы топар ағзалары бүгин Шоманай районлық мәмлекетлик тоғай хожалығына барып, хожалықтың нәл өсириў участкасындағы саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин көзден өткерди.

Сондай-ақ, жумысшы топар ағзалары районда жайласқан пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында болып, пуқаралардың үй алды қыйтақ жерлеринде шөлкемлестирилген ыссыханлардың жумыслары менен танысты.



Соңынан район ҳәкимлиги мәжилислер залында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары тийкарында районда дүзилген ҳәм жумыс жүргизип атырған штаб ағзалары, бир қатар мәкеме, шөлкем басшылары менен сәўбетлесип, жойбар шеңберинде ислениўи тийис ўазыйпалар бойынша көрсетпелер берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы