“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районлық бөлими тәрепинен “Абат мәҳәллем” атамасындағы грант жойбары шеңберинде мектеп оқыўшылары арасында өткерилген  “Нәл егиў-ийгиликли дәстүр” шығармалар таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

Онда атап өтилгениндей, жойбардың тийкарғы мақсети– қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлери бузылыўының алдын алыў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралар менен биргеликте жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыў, халықтың экологиялық билимлерин арттырыў мақсетинде ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери, таңлаўлар шөлкемлестириў, аймақларды абаданластырыў  ҳәм көклемзарластырыў, қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў ислерине үлес қосыў болып табылады.

Халықтың, әсиресе, жаслардың тәбиятқа абайлы қатнаста болыўын, оларды тәбийғый ресурсларды үнемлеўге шақырыў, экологияға байланыслы билимлерин арттырыў мақсетинде “Тараққиёт кўзгуси” газетасы редакциясы менен биргеликте өткерилген шығармалар таңлаўында Қылышбай аймағындағы 14 улыўма билим бериў мектебинен тәбиятқа қызығыўшы, дөретиўши оқыўшылар қатнасты.

Жеңимпазларды “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районлық бөлиминиң баслығы Б.Балтабаев қутлықлап, оларға Мақтаў жарлықлары ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги