Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өткен жылдың 20- декабрь күни Олий Мажлис ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында мәмлекетлик басқарыў аппаратында тәкирарланыўдың көплиги, керексиз штатлар барлығы ақыбетинде қурамалы мәселелерге шешим табыўда артықша күш, ўақыт ҳәм ресурс жумсалып атырғанын атап өтип, ықшам ҳәм нәтийжели басқарыў системасына өтиў, Ҳүкимет, министрлик ҳәм ҳәкимликлердиң жумысларын түпкиликли реформалаў, олардың жумыс критериясы сыпатында адамларды разы етиўди белгилеў мақсетинде кең көлемли ҳәкимшилик реформаларды ортаға таслаған еди.
Усы Мүрәжат тийкарында Президентимиз тәрепинен «Жаңа Өзбекстанның ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрман қабыл етилип, оның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қарар тастыйықланды.
Жаңа пәрман ҳәм қарар тийкарында 2023-жылдың 1-январынан баслап Ҳүкиметке бойсынатуғын атқарыў уйымлары 61 ден 28 ге, соның ишинде министрликлер саны 25 тен 21 ге қысқарды. Бизиң республикамызда да усы жоқарыда атап өтилген ҳуқықый ҳүжжетлер тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги сапластырылып, оның орнына бир неше министрликлердиң бириктирилиўи менен Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги шөлкемлестирилип, оған Сағындық Турғанбаевич Турманов министр етип тайынланды.
Жақында бизлер жаңа министрликтиң басшысы Сағындық Турманов пенен ушырасып, өткен жылы Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен қандай жумыслар әмелге асырылғаны жаңадан шөлкемлестирилип атырған министрликтиң алдағы ўазыйпалары ҳаққында сәўбетлестик.
– Ең дәслеп сәўбетимизди республикамызда ҳәзирги күнлери неше пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы бар ҳәм оларда қанша хызметкерлер жумыс ислеп атырғанынан басласақ?
– Көпшиликтиң хабары болғанындай, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 1-марттағы «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў, мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы, «Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги шөлкемлестирилген еди.
Бүгинги күни республикамызда 424 пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары бар ҳәм олар 14 посёлкалық, 165 аўыл ҳәм 245 мәкан пуқаралар жыйынынан ибарат.
Бул уйымларда 424 пуқаралар жыйыны баслықлары, 415 ҳәким жәрдемшилери, 423 ҳаял-қызлар белсендилери, 424 жаслар ҳәм профилактика инспекторлары жумыс алып бармақта.
Президентимиздиң усы пәрманы тийкарында министрликке мәҳәллелердиң жумысын қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги орны ҳәм ролин күшейтиў, онда нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў позициясын көтериў, аймақларда шаңарақлардың татыўлығын тәмийинлеў, жаслардың тәлим-тәрбиясында нураныйлардың бай турмыслық тәжирийбесинен пайдаланыў, басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз кекселерди социаллық ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў, пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын жақсылаў ҳәм тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бойынша илажларды әмелге асырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгилеп берилди ҳәм сол тийкарда жумыслар жүргизилди.
– Өткен жылы республикамызда Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм оның аймақлардағы бөлимлери тәрепинен көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылды. Солардың ең тийкарғы бағдарларына тоқтап өтсеңиз?
-Ҳақыйқатында да өткен жылы министрлигимиз тәрепинен республикамызда бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, пуқаралар жыйынлары дүзилисинде бир қатар өзгерислер киргизилип, аймақларда ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси ҳәм ҳаял-қызлар белсендиси штатлары енгизилип, олар өзлериниң жумысларын баслады.
Сондай-ақ, 2022-жылдың 16-30-май күнлери аралығында пүткил республикамыз аймағында «Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) н сайлаў шөлкемлескенлик пенен өткерилди. Ашық ҳәм жәриялылық руўхта өткен бул сайлаўларда аймақ халқы арасында үлкен абырай ҳәм бай ис-тәжирийбеге ийе 398 жоқары мағлыўматлы, 26 орта арнаўлы мағлыўматлы талабанлар пуқаралар жыйынлары баслықлары етип сайланды. Сайланған баслықлардың 54 и ҳаял-қызлар, 32 си жергиликли Кеңеслердиң депутатлары болып табылады.
Соны айрықша атап өтиўимиз керек, жоқарыда пуқаралар жыйынлары баслықлары етип сайланған 26 орта мағлыўматлы пуқара министрликтиң усынысы тийкарында өткен жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Үргенш мәмлекетлик университетиниң сыртқы тәлим бөлимлерине имтихансыз оқыўға қабылланды.
Өзин-өзи басқарыў уйымларының материаллық-техникалық базасын жақсылаў бағдарында өткен жылы 101 мәҳәллениң имаратында қурылыс жумыслары басланды. Соннан 74 пуқаралар жыйынларының имаратында қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды. 30 пуқаралар жыйынлары таза компьютер ҳәм принтерлер, 30 ы керекли мебельлер менен тәмийинленди.
Әсиресе, Нөкис қаласындағы 28 пуқаралар жыйынларындағы 776 көшеге қум-шағыл тас араласпасы төселип, 92 км аралығы асфальтланды. Бундай жумыслар республикамыздың барлық аймақларында әмелге асырылды. Бул болса, халқымыздың абадан турмыс кешириўине имканият жаратып, олардың ертеңги күнге деген исенимин беккемлемекте.
-Сағындық Турғанбаевич енди жаңа министрликтиң алдағы ўазыйпалар туўралы айтып өтсеңиз?
Кең жәмийетшиликтиң хабары болғанындай, Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги бурынғы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрликлери негизинде шөлкемлестирилмекте.
Министрлик тәрепинен өткен жылы әмелге асырылған ислерди еле де даўам етип, усы тийкарда жумысларды алып барыўды режелестиргенбиз. Атап айтатуғын болсақ, пуқаралар жыйынлары хызметкерлериниң билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў мақсетинде, оқыў семинарларын, халқының саны 8 мыңнан аслам болған 25 мәҳәллени бөлиў есабынан 28 жаңа мәкан пуқаралар жыйынларын шөлкемлестириў белгиленген.
«Абат шаңарақ», «Абат көше», «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында аймақларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, кем тәмийинленген шаңарақлардың үйлерин реже тийкарда оңлаўда пуқаралар жыйынларына көмеклесиў , соның ишинде, март айында «Елимди абат етемен» сүрени астында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў айлығын өткериўди режелестиргенбиз.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәлле инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының 10-бәнти бойынша жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў, март-май айларында «Нураныйлар жәмийетшилик кеңеслери» ҳәм мәҳәллелердеги «Кекселер мәсләҳәти» топары ағзалары ушын семинар-трениглер өткериўди мақсет еткенбиз.
Жынаятшылық саны артқан мәҳәллелерде нураныйлар ҳәм жаслар арасында айына кеминде бир мәрте «Ибрат мектеби» руўхый-ағартыўшылық ушырасыўларын, халық арасында «Саламатлық күнлерин» шөлкемлестириў, «Саламат турмыс ушын 5000 қәдем» пияда жүриў ҳәм жуўырыў жарысларын өткермекшимиз.
Усылар менен бир қатарда, улыўма орта билим бериў мектеплеринде «Нураныйлардың тәрбиялық сааты»н, «Ғалабалық мәденият-миллет жаўы» атамасында үгит-нәсият жумысларын алып барыўды режелестиргенбиз ҳәм бул бағдардағы жумыслар баслап жиберилди.
-Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет!
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы