Бүгинги күнде электр энергиясына болған талап күннен-күнге жедел пәт пенен артып бармақта. Бул нәрсе алдағы ўақытларда қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды талап етпекте. Усындай дәреклердиң бири есапланған қуяш панеллерин орнатыў электр энергиясының сезилерли дәрежеде үнемлениўине, энергосистеманың турақлы ислеўине алып келеди. Сондай-ақ, бундай илажлар экологиямыздың, ҳаўаның патасланыўының азайыўына имканият жаратады.

– Қайта тиклениўши энергия дәреклеринен кең түрде пайдаланыўды қоллап-куўатлаў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 9-сентябрь күнги 220-санлы карары қабыл етилген еди,-дейди «Ҳудудий электр тармақлары» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалының директоры А.Нурымбетов. – Усы қарарға муўапық, жеке хожалықларға Энергетика министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары тармақлар аралық энергияны үнемлеў фонды өз қаржыларының есабынан республикада ислеп шығарылып атырған қуяш ҳәм самал электр станциясы ушын қуўатлығына қарап базалық есаплаў муғдарында компенсациялар ҳәм процентсиз 3 жыл мүддет ишинде үскене баҳасы қымбатламаған ҳалда бөлип-бөлип төлеў имканияты берилетуғын болды.

Буннан тысқары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февраль күнги ПҚ-57-санлы қарары бойынша, қуяш панелин орнатқан жеке хожалық тутыныўшыларға аўысқан электр энергиясының 1 кВт.сааты ушын 1000 сум муғдарында субсидиялар ажратылыўы белгиленген.

Бул субсидиялар ҳәр айдың жуўмағы менен жеке хожалық тутыныўшылар ушын, бирден-бир энергетика системасына жеткерип берилген электр энергия муғдары ҳәм системадағы пайдаланылған электр энергиясы муғдары арасындағы келип шыққан айырмашылықтың есабынан, есап-санақ етиледи. Субсидиялар салық уйымлары тәрепинен ҳәр айда “Soliq” мобил бағдарламасы арқалы есабат бериў айынан, кейинги айдың 25-сәнесине шекем пуқаралардың банк пластик карталарына өткерип бериледи.

Сондай-ақ, қуяш панеллерин ҳәм қуяш суў ысытыў қурылмаларын орнатқан жеке хожалықлар 3 жыл даўамында, ал исбилерменлик субъектлери 10 жыл даўамында жер ҳәм мүлк салығынан азат етиледи.

Бүгинги күнде кәрханамызға 20 кВт.лы қуяш панели ҳәм барлық районлық ҳәм қалалық электр менен тәмийинлеўши кәрханаларға 5 кВт.лы қуяш панеллери орнатылды. Бул ҳәр айда 105 кВт. электр энергиясын үнемлеў мүмкиншилигин бермекте.






Республикамызда бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги