Қатар мәмлекетлик рәсмий интернет бети (Amiri divan), Қатар Мәлимлеме агентлиги – QNA ҳәм басқа да көплеген басылымлар Өзбекстан Президенти Администрациясының басшысы Сардор Умурзоқов ҳәм Қатар әмири Шейх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң ушырасыўы ҳаққында мақалалар жәриялады.

Хабарларда Умурзоқов Қатар әмирине Президент Шавкат Мирзиёевтиң хатын жеткергени, хатта еки тәреплеме қатнасықты және де беккемлеў ҳәм раўажландырыў перспективасы ҳаққында сөз болады.

Сондай-ақ, араб ғалаба хабар қуралларында Қатар Палатасы биринши вице-президенти Муҳаммед бин Аҳмад бин Тавор Ал-Куварийдиң мәмлекетимиз инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов пенен ушырасыўына итибар қаратқан.

Сөйлесиў даўамында саўда алмасыў муғдарын арттырыў ҳәм кейинги басқышта биргеликте санаат ҳәм инвестициялық шерикликти кеңейтиў жоллары талланған, ҳәзирги инвестициялық орталық ҳәм Қатар исбилерменлери менен бирге ислесиў ушын имканият көрип шығылғанына итибар қаратылған.

Келешекте қатарлы исбилерменлердиң үлкемизге сапары, кәншилик, инфраструктура, аўыл хожалығы, қайта тикленетуғын энергия дәреклери, нефть-газ ҳәм басқа тараўлардағы инвестициялық имканияттың көрип шығылғаны да атап өтилген. Биргеликтеги исбилерменлер кеңесин дүзиў имканияты додаланып, Қатар-Өзбекстан бизнес-форумын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги мақулланған.

Муҳарамма Пирматова,

ӨзА