Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық художниги, академик, марҳум Жоллыбай Изентаевтың 80 жыллық юбилейине бағышланған «Реңлерди сайратқан художник» атамасында көргизбе ҳәм ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарекеев, Мәдений мийрас басқармасы баслығы Қ.Шарипов ҳәм басқалар сөзге шығып, Қарақалпақстан Республикасының герби ҳәм байрағының авторы Ж.Изентаев мийнеткеш халқымыздың аўыр мийнетин, ишки кеширмелерин, қуўаныш ҳәм қайғысын өзиниң мийнетлеринде сәўлелендирген уллы художник екенин атап өтти.

Ол дөретиўши сыпатында Египет, Болгария, Франция, Россия, Словения, Германия сыяқлы көплеген мәмлекетлерде болып, жеке көргизбелери менен қатнасқан. Соның менен бирге, жәмийетлик жумысларда да белсендилик көрсетти. Атап айтқанда, Қарақалпақстан художниклер аўқамының баслығы, Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жәмийетлик шөлкемлер, баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары мәселелери комитети баслығы лаўазымларында иследи. Ж.Изентаев Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Өзбекстан көркем өнер академиясының ҳақыйқый ағзасы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық художниги атақларына ийе болып, 2013-жылы марҳум художник Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланады.

Художниктиң «Балықшы портрети», «Аўыл баласы», «Юматов совхозы», «Гүзги аўыл» сыяқлы эпикалық полотноларында елимиздиң бийтәкирар тәбият көриниси, «Бегжап трагедиясы», «1945-жыл ҳаяллары», «Әскер хатлары» шығармаларында сол дәўирдиң келбети айқын сәўлелениўин тапқан.







Ж.Изентаев қарақалпақ көркем сүўретлеў өнерине өзиниң мийнетлери менен үлкен үлес қосқан, ҳақ кеўил халқының күнделикли реал турмысын холстқа көшире алған, қарақалпақтың этномәденияты сәўлеленген жанрлы картиналар дөретип тарийхымызда терең из қалдырған Ўатанының садық перзенти еди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабийбуллаевтың түсирген сүўретлери