Нөкис қаласындағы «Жумысқа мәрҳамат» моноорайының мәжлислер залында бәнтлиги тәмийинленбеген пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетимиз тәрепинен көрсетилип атырған итибар ҳәм жаратылған имканиятлар, сондай-ақ, жеке исбилерменлерге жаратылып атырған жеңилликлер, бул бағдарда қабыл етилип атырған нызам ҳәм қарарлар ҳаққында түсиниклер бериў мақсетинде ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Р.Джумамуратов Президент Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмунына кең түрде тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, быйыл елимизде исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Әсиресе, қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын бир қатар салық жеңилликлери енгизилди.
Бюджет қаржылары, халық ҳәм исбилерменлер алдындағы миннетлемелер қысқартырылмаған ҳалда, бизнеске салық жүгиниң азайтылыўы бул тараўды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған реформалардың және бир айқын көриниси болды. Буннан былай, районлардың экономикалық раўажланыўы категорияларға қарап белгиленип, исбилерменлер ушын берилип атырған субсидия ҳәм кредитлер, компенсациялар да соған муўапық ажыратылып, салық ставкалары да ҳәр қыйлы болыўы белгиленди.
Соның менен бирге, «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нде дизимде турған пуқараларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде коммерциялық банклер тәрепинен усынылып атырған жеңиллетилген кредитлер ҳаққында, сондай-ақ, жергиликли ҳәкимият тәрепинен субсидиялар ажыратылып олардың өз исбилерменлигин жолға қойыўға көплеген имканиятлар бар екенлиги ҳаққында айтып өтти.
– Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте нызамлы мийнет миграциясының абзаллықлары, мийнет мигрантлары ушын жаратылып атырған шараятлар ҳәм жеңилликлер, нызамға қарсы мийнет миграцияның унамсыз ақыбетлери ҳаққында түсиниклер берилди,-дейди илаж қатнасыўшысы П.Генжебаева. – Бүгинги ушырасыўдан өзиме керекли болған бир қатар мағлыўматларға ийе болдым.
Орайда кәсип-өнер үйрениў, алдағы ўақытта өзимниң исбилерменлик жумысымды жолға қойыўымда ҳәм нәтийжели жумыс алып барыўымызда бул жаңалықлардың әҳмийети оғада үлкен, деп ойлайман.
Усы мазмундағы ушырасыў Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экономика факультетинде де өткерилип, ушырасыўда депутат тәрепинен мәмлекетимизде қабыл етилип атырған нызам ҳәм қарарлар, олардың турмысымыздағы әҳмийети ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
– Мүрәжатта белгиленген ўазыйпа ҳәм билдирилген басламалар елимиздеги исбилерменлер ушын еле де кең көлемли имканиятлар есигин ашып береди. Себеби, исбилерменликти финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша жумыслардың басқышпа-басқыш даўам етилиўи халықтың абаданлығын тәмийинлеўде оғада үлкен әҳмийетке ийе,-деп атап өтти депутат өз сөзинде.
Ушырасыўда студент жаслардың мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар, олардың әҳмийети ҳаққындағы пикир-усыныслары тыңланып, илаж қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги