Социаллық тармақларда Қарақалпақстан Республикасының Хожели районындағы 21-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры П.А. өзи Ташкент қаласында бола турып, «комиссия ушын» деген бәне менен муғаллим ҳәм техперсоналлардан 20 мың сумнан ақша жыйнатқаны ҳаққында хабар тарқалды.
Хожели районы прокуратурасының бул жағдай бойынша алып барған үйрениўлерде анықланыўынша, ҳақыйқатта усы жылдың 10-февраль күни 21-мектептиң директоры П.А. ниң тапсырмасына тийкарланып, мектеп муғаллими Д.Р. тәрепинен 16 муғаллимнен 320 мың сум жыйнап алынған ҳәм директорға берилген. Директор П.А. ның өзи болса 18 муғаллимнен 360 мың сум жыйнап алып, жәми 680 мың сум пул жыйналған.
Мектеп директоры П.А. өз көрсетпесинде бул пуллар мектептеги баннерлерди жаңасына алмастырыў ушын жыйналғанын, жыйналған пуллар әмелде ҳеш қай жерге жумсалмай, муғаллимлерге және қайтарып берилгенин билдирип өткен.
Бир топар муғаллимлер пулды жыйнаў себеплери ҳаққында П.А. берген көрсетпелерди тастыйықлаған, бир топары болса жыйналған пуллар келген комиссияны түсликте аўқатланыў бәнесинде жыйналғанын билдирген.
2023-жыл 24-февраль күни П.А. өз ықтыяры менен жумыстан босаў ҳаққында арза жазған ҳәм соған тийкарланып лаўазымынан азат етилген.
Ҳәзирги ўақытта тергеўге шекем тексериў даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги