Ҳүкимет қарары (79-санлы 27.02.2023 ж.) менен Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Тәлим кредитин қаржыландырыў қоры есабынан мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң оқыў курсларында жаслардың мәлимлеме технологиялары тараўында билим алыўы ушын тәлим кредитин ажыратыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеге бола, тәлим кредитлери БЕМның 65 есесине шекемги муғдарда 1 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 4 жыл мүддетке шекем 14 жасқа толған ҳәм 30 жастан артпаған шахсларға ажыратылады.

Кредит алыўшы тәлим кредитин алыў ушын Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланған коммерциялық банклерге төмендеги ҳүжжетлерди усынады:

– арза;

– кредит алыўшы ҳәм IT-парк резиденти болған мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери арасында мәлимлеме технологиялары тараўындағы оқыў курсларында билим алыў ҳаққында рәсмийлестирилген шәртнама (контракт, ғалабалық оферта);

– тәлим кредити қайтарылыўының тәмийнаты бойынша ҳүжжет. Онда, «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не кирген шаңарақлардың перзентлери болған жасларға ажыратылатуғын тәлим кредити бойынша гиреў ҳәм кепиллик талап етилмейди;

– «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилгенин тастыйықлайтуғын мағлыўмат («Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген шаңарақлардың перзентлери болған жаслар ушын);

– банктиң ишки ҳүжжетлеринде (сиясатында) белгиленген басқа да ҳүжжетлер, соның ишинде, биргеликте кредит алыўшыға тийисли мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлер.

Қарақалпақстан хабар агентлиги