Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри ў.а. Бахтиёр Саидов басшылығындағы мәмлекетимиз делегациясы 2023-жыл 28-февраль күни Астана қаласында (Қазақстан Республикасы) болып өтетуғын «С5+1» түриндеги Министрлер мәжилисинде қатнасады.
Бул ҳаққында СИМ баспасөз хызмети хабар берди.
Илаж даўамында Өзбекстан Республикасы, Қазақстан Республикасы, Қырғыз Республикасы, Тәжикстан Республикасы, Түркменстан ҳәм Америка Қурама Штатларының сыртқы сиясат уйымлары басшылары тәреплерди қызықтырған тараўларда усы механизм шеңбериндеги бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги