Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Равшан Мамутов Төрткүл районындағы фермерлер менен ушырасты.
Ушырасыўда халық ўәкили соңғы жыллары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, нызамшылықтағы өзгерислер, әсиресе, аграр тараўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти. Соның ишинде, усы жыл 20 февраль күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы O’zLiDeP фракциясы менен Аграр ҳәм суў хожалығы мәселелери комитетиниң кеңейтилген мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша мағлыўматлар берилди.
Буннан тысқары, фермерлерге Президентимиздиң усы жыл 23-февральдағы “Аўыл хожалығында халықтың бәнтлигин арттырыў ҳәм жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында”ғы қарарының мазмун-мәниси кең түрде түсиндирилди. Бул қарар әмелге асырылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў, жерден ақылға уғрас пайдаланыўда фермерлерге қосымша жеңиллик береди.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде барлық тараўларда кластерлердиң жумысын раўажландырыў ҳәм хошаметлеў, әсиресе, пахта-тоқымашылық, мийўе-палызшылық бағдарларында кластерлердиң жумысын буннан былай да жетилистириў, олардың аўыл хожалығы жерлеринен нәтийжели пайдаланыўдағы жуўапкершилигин арттырыў, өним жетистириўши ҳәм оны қайта ислеўшилердиң мәпдарлығын тәмийинлеўге қаратылған системалы жумыслар алып барылмақта.
Илажда фермер хожалықларының басшылары жумысындағы машқалалар бойынша пикир-усынысларын билдирди ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги