Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ Нөкис қалалық бөлими тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген тексериўлер даўамында Хожели районы Сарышүңгил аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасалма усылда спиртли ишимликлер таярлайтуғын жасырын цех анықланды.
Атап айтқанда, пуқаралар С.Е. А.П. ҳәм А.Қ.лар тәрепинен жасырын цехта қәлбеки акциз маркалы “Қаратаў” спиртли ишимлиги шығарылып келинген. Бул жер көзден өткерилгенде 10 мың 54 дана қәлбеки акциз марка, 3 мың 157 дана капсула, 949 дана жасалма усылда таярланған спиртли ишимлик, 335 литр спирт ҳәм басқа да ислеп шығарыўда пайдаланылған товар-материаллық байлықлар айғақлы дәлил сыпатында алынды.
Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекети алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги