Бүгин азанда Қырғызстан ҳәм Тәжикстан аймағында магнитудасы 4 баллдан жоқары жер силкиниўлер жүз берди.

Сейсмопрогностикалық мониторинг Республикалық орайының хабар бериўинше, Қырғызстанда Ташкент ўақты менен 02:42 де жүз берген жер силкиниў магнитудасы 4,4 баллды қураған. Екинши жер силкиниўи болса 04:58 де дизимге алынған болып, 4,3 балл болған.

Тәжикстанда болса Ташкент ўақты менен 07:41 де 3,6 баллы, саат 08:01 де болса 4 баллы жер силкиниўи дизимге алынған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги