Ҳәзирги күнлери республикамыздағы канал ҳәм жапларға Әмиўдәрьядан ағын суў келип, гүләән халқымыз, әсиресе, елимиз дастурханының молшылығын тәмийинлеўши аўыл хожалығы хызметкерлери тәрепинен егиске таярлық жумыслары алып барылмақта.
Әзелден дийқаншылықта даңқ шығарып, үлкен абырайға ерисип киятырған шымбайлы дийқанлар да быйылғы жылы аўыл хожалығында өзлери дийдилегендей мол зүрәәт жетистириў ушын ҳәзирден баслап-ақ өз жумысларына жең түринип кирисип кетти.
-Районымызда 2023-жыл зүрәәти ушын 4080 гектар майданға гүзлик бийдай егилди,-дейди Шымбай районы ҳәкиминиң аўыл хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ислам Қайыпназаров.- Усы егилген бийдайлардан мол өним алыў мақсетинде, гүз ҳәм қыс айларында атыз басларына гектарына орташа 5 тоннадан жергиликли тɵгинлер шығарылып, ҳәзирги күнлери минерал тɵгинлер менен азықландырыў жумыслары алып барылмақта. Буннан басқа да быйылғы жылы 6000 гектар майданға пахта егиў режелестирилип, әйне күнлери егис алды шор жуўыў жумыслары алып барылмақта.
Сондай-ақ, усы жылы район дийқан фермерлери 1000 гектар жерге бағ, 220 гектарға картошка, 410 гектарға палыз, 375 гектарға овощ ҳәм 10 гектарға жүзим егиў режелестирип, жерлерди егиске таярлаў жумысларын қызғын жүргизбекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы