Шымбай районы 49-санлы улыўма билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов пенен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Оған райондағы тийисли тараў ўәкиллери, районлық Кеңес депутатлары, мәкеме, кәрхана баслықлары, белсенди жаслар қатнасты.
Ушырасыўда депутат Б.Алдамуратов, Жаслар ислер агентлиги районлық бөлиминиң баслығы Р.Бабаназаров, Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы директорының орынбасары А.Бердекеев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаңаланыўлар, халқымыздың жасаў жағдайларын жақсылаў бағдарында қабыл етилип атырған қарарлар, пәрманлар, елимизде жасларымызға жаратылып берилип атырған имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған мүражатындағы әҳмийетли ўазыйпалар айрықша атап өтилип, түсиниклер берилди.
Ушырасыўда жаслардың машқалалары, атап айтқанда, жеңиллетилген кредитлер алыў, субсидия ажыратыў мәселелери, жергиликли терек нәллерин сырт мәмлекетлерге экспорт етиў бойынша усыныс ҳәм пикирлери тыңланып, тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен унамлы шешилииўи бойынша илажлар әмелге асырылыўы келисип алынды.
Соның менен бирге, депутат райондағы исбилерменлик субъекти ўәкиллери менен де ушырасып, олардың алып барып атырған жумыслары менен танысты. Олардың пикир-усыныслары, машқалалары үйренилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги