Нөкис қаласы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен Арқа-батыс әскерий округи хызметкерлерине көшпели тәртипте жәми 21 мәмлекетлик хызмет көрсетилди.

Атап айтқанда архитектура, кадастр ҳәм коммунал тараўына тийисли хызметлер, перзентлерин мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине гезекке қойыў, жыйналып барылатуғын пенсия системасына дизимге қойыў, электрон санлы қолтаңба алыў сыяқлы хызметлер көрсетилип, тараўда енгизилип атырған өзгерислер ҳәм қабыл етилип атырған нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылды.

Өткерилген илаж даўамында my.gov.uz бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан аралықтан турып мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў, e-imzo.uz сайты арқалы электрон санлы қолтаңба алыў ҳәм оннан қалай пайдаланыў тәртиби, сондай-ақ, өзлериниң ҳуқықый санасын жетилистириў ҳәм “ҳуқуқый ахборат” каналының әҳмийети бойынша кең түрде түсиник берилди.

 

Мансур Турақбаев,

Нөкис қаласи Әдиллик бөлими

Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги