Қарақалпақстан агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамлары жуўаплы шөлкемлестириўшисиниң араласыўы менен оқытыўшы жумысқа қайта тикленди.
Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамларының қалалық ҳәм районлық Кеңеслери, оның басланғыш шөлкемлери тәрепинен орынларда хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларын қорғаўға әмелий жәрдем көрсетилип келинбекте. Атап айтқанда, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының оқытыўшысы Айтгүл Джумабаева С-1 сертификатына ийе болмағанлығы ушын оқыў орнының 2022-жылы 7-октябрьдеги буйрығы менен Мийнет кодексиниң 97-статьясы 2-бәнти ҳәм 100-статьясы 2-бәнтине тийкарланып, оның менен дүзилген мийнет шәртнамасы бийкар етилген.
А.Джумабаева мийнет шәртнамасы нызамсыз бийкар етилгени туўралы институт басшылығына, кадрлар бөлимине ҳәм тийисли шөлкемлерге мүрәжат еткен. Соның менен бирге, усы мәселени шешиў ҳәм жумысқа қайта тиклеў бойынша Қарақалпақстан агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамлары жуўаплы шөлкемлестириўшисине мүрәжат етти. Оның бул мүрәжаты ҳәр тәреплеме үйренип шығылып, институт басшылығына хызметкерди жумыстан босатыў бойынша шығарылған буйрығы Мийнет кодекси ҳәм нызам талапларына қайшы екенлиги ҳаққында усыныс хаты жиберилди. Нәтийжеде А.Джумабаева кәсиплик аўқамларының араласыўы менен жумысқа қайта тикленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги