БМШ Бас ассамблеясының 2022-жыл 14-декабрьдеги сессиясында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасына тийкарланып ислеп шығылған «Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўди жеделлестириўде парламентлердиң ролин күшейтиў ҳаққында»ғы резолюция бир аўыздан мақулланған.
Өзбекстан парламентиниң палаталары болса усы резолюцияны әмелге асырыў бойынша қоспа қарар қабыл еткен. 13 бағдар бойынша 50 ден аслам анық илажларды өз ишине алған «жол картасы» тастыйықланған.
Онда гөзленген мақсетлер Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген «инсан қәдирин жоқарылатыў ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин және де раўажландырыў арқалы халықшыл мәмлекет қурыў» принципи менен үнлес болып табылады.
Ташкентте «Парламент ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ)не ерисиў ҳәм халықтың хабардарлығын арттырыўдағы орны» темасында өткерилген халықаралық дөгерек сәўбетинде бул ҳаққында сөз болды.
Бул халықаралық илаж Өзбекстан Республикасын турақлы раўажландырыў тараўындағы Миллий мақсетлер ҳәм ўазыйпалардың 2030-жылға шекемги дәўирде әмелге асырылыўын қадағалаў бойынша парламентлик комиссия, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы миллий орайы, Турақлы раўажланыў орайы, МКШ, Фридрих Эберт атындағы қор менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Сенат баслығы, Парламент комиссиясының жәрдемши баслығы Танзила Норбоева бул процессте мәплер турақлылығының нәтийжели механизми жаратылғанын атап өтти. Тараўда парламентлик қадағалаў орнатылды. Атап айтқанда, миллий мақсет ҳәм ўазыйпалардың әмелге асырылыўын қадағалаў бойынша парламентлик комиссия дүзилди.
– Парламентлик комиссия тәрепинен 10 миллий мақсет ҳәм оның 51 ўазыйпасы сондай-ақ, 81 индикаторы бойынша аймақларда турақлы раўажландырыў тараўындағы миллий мақсетлер менен ўазыйпалардың орынланыў жағдайы үйренилди,-деди Т.Норбоева. – Үйрениўдиң жуўмағы бойынша парламентлик комиссия мәжилислеринде 28 министрлик ҳәм уйым, соның ишинде, муўапықластырыўшы кеңес басшысының мәлимлемеси тыңланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Баянат ҳәм додалаўлар даўамында экспертлер мәмлекетимиз басшысы кейинги жети жыл ишинде БМШ Бас ассамблеяларында улыўма инсаныйлық машқалалар шешимине байланыслы оннан аслам баслама менен шыққаны, ең әҳмийетлиси, бул басламалардың барлығы қоллап-қуўатланып, тийисли резолюциялар қабыл етилгенине итибар қаратты.
Сенаторлар, депутатлар, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары, халықаралық шөлкемлер, дипломатиялық корпус ўәкиллери қатнасқан илажда резолюцияны әмелге асырыў бойынша бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы