Өзбекстан Республикасы Әскерий прокуратурасы тәрепинен Қураллы Күшлер системасындағы министрлик ҳәм мәкемелер менен биргеликте Нөкис гарнизонының Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында гарнизондағы әскерий бөлим ҳәм уйымлардың хызметкерлери, олардың шаңарақ ағзалары, әскерий пенсионерлер ҳәм пуқаралар ушын көшпели қабыллаў өткерилди.

Оған Өзбекстан Республикасы Әскерий прокурорының орынбасары, әдиллик подполковниги Қ.Исраилов, Қорғаныў министриниң орынбасары, генерал-майор Ҳ.Қаршиев, Миллий гвардия сәркардасының орынбасары, полковник С.Мамаюсупов, Қарақалпақстан Республикасы Халық қабылаўханасы, прокуратура, банклер, ишки ислер, мектепке шекемги, халық билимлендириў, денсаўлықты сақлаў министрликлери, бәнтлик, коммуналлық ҳәм басқа да тараўлардың жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

Көшпели қабыллаўда 350 ден аслам әскерий хызметкерлер менен олардың шаңарақ ағзалары, әскерий пенсионерлер ҳәм басқа да пуқаралар қатнасып, олардың айырымлары өзлерин қыйнап киятырған машқалалары менен жуўапкерлерге мүрәжат етти. Атап айтқанда, қабыллаў даўамында 154 шахстан 159 мүрәжат келип түскен болса, соннан 61и усы жердиң өзинде шешимин тапты. 38 мүрәжат бойынша түсиник берилип, 60 мүрәжаттың орынланыўы айрықша қадағалаўға алынды.

– Мен өзим Бухараданман, -дейди Зебинисо Ҳидоятова. –Өмирлик жолдасым әскерий хызметкер болғаны ушын кәсиплик ўазыйпасына бола, Нөкистеги әскерий бөлимде 3 жылдан берли хызмет алып бармақта. Усы жыллар ишинде жумыссыз отырдым. Алдын Хорезм ўәлаятында турғанымызда Аль-Хоразмий атындағы халықаралық математикаға қәнигелестирилген мектепте 5 жыл оқытыўшы болып ислегенмен. Бүгин көшпели қабыллаўға келип, 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде бос жумыс орны бар екенин билип, хабарластым. Тийкарынан Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқықый тәлим бағдарын питкергенмен. Қәнигелигим бойынша көплеген жерлерден жумыс табылды, бирақ, өзим ҳәм өмирлик жолдасым муғаллимшилик кәсибине айрықша ҳүрмет пенен қарағанымыз себепли балаларға сабақ берсем, деп нийет ететуғын едим. Мүрәжатым унамлы шешиледи, деген үмиттемен.

– Бүгин бөлимимизге 20 ға шамалас пуқара мүрәжат етти, -дейди Нөкис қалалық әдиллик бөлиминиң инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў бөлими бас мәсләҳәтшиси Нурлан Юсупов. – Олар тийкарынан пенсия тайынлаў, балаларын мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине гезекке қойыў, электрон қолтаңба алыў, алимент өндириў сыяқлы мәселелер бойынша мүрәжат етти. 18 мүрәжат усы жердиң өзинде унамлы шешимин тапқан болса, қалғанларына ҳуқықый түсиник берилип, тийисли мәкеме-уйымларға жиберилди.

Сондай-ақ, қабыллаў даўамында әскерий хызметкерлердиң майыплығы болған перзентлерине майыплар арбашасы, қолтық таяқ ҳәм басқа да таяныш әсбаплары тапсырылды.

Сондай-ақ, қабыллаў шеңберинде Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимге «Қаҳарманлық мектеби» оқыў жыйынына тартылған республикамыздың қала ҳәм районларында жасайтуғын, профилактикалық есапта туратуғын 100 жас пенен ушырасыў болып өтти.






Ушырасыўда жасларға Қураллы Күшлер ҳәм суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, жасларымыз ушын жаратылған шараятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.


Илаж даўамында жаслардың сораўларына қәнигелер тәрепинен жуўап берилди.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы