Усы жылдың 24-февраль күни Төрткүл районы Келтеминар аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жүз берген суў тасқыны бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы рәсмий мағлыўмат берди.

Онда атап өтилгениндей, усы пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши “Келтеминар-1” каналының оң жағалығында суўдың көтерилиўи есабынан кеңлиги  5 м, тереңлиги 1.78 м болған суў тасып шығыў ҳәдийсеси жүз берди. Тасқын нәтийжесинде аймақта жасаўшы 7 пуқараның жасайтуғын жайы ҳәм жәрдемши хожалық имаратына зыян жеткерилген. Суў тасқыны ақыбетинде жарақатланған пуқаралар болмаған.

сув босди, тўрткўл, қорақалпоғистон
сув босди, тўрткўл, қорақалпоғистон
сув босди, тўрткўл, қорақалпоғистон

Айрықша жағдайлар министрлиги тәрепинен сол күни саат 07 ге шекем суў тасқыны сапластырылып, топланып қалған суўдан ҳәўлиниң жер майданлары тазаланған.

Сол күнниң өзинде ўақыя болған жерге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси ҳәм республика прокуратурасы жуўапкерлери жетип барып, жағдай орнында үйренилди. Суў тасқыны ақыбетлерин сапластырыў бойынша аймақлық секторлардың басшылары ҳәм басқа да жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.

Бул жағдай бойынша сол күнниң өзинде Төрткүл районы прокуратурасы тәрепинен “Пахтаарна-Найман” ирригация тармақлары басқармасы ҳәм Төрткүл районы Ирригация бөлиминиң лаўазымлы шахсларына Жынаят Кодексиниң 203, 207 ҳәм 229-статьялары менен жынаят иси қозғатылды.  Жынаят иси шеңберинде пуқараларға жеткерилген зыянды анықлаў бойынша экспертиза тайынланды.

Ҳәзир ҳәдийсе жүз бериўине себепши болған айыпкерлерди анықлаўға қаратылған тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги