Мәжбүрий орынлаў бюросының Қоңырат районлық бөлимине Ири салық төлеўшилер бойынша аймақлараралық мәмлекетлик салық инспекциясы тәрепинен қарыздар «Ustyurt Qidiruv burgulash Boshqarmasi» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен мәмлекет пайдасына 6,9 миллиард сумлық салық қарызын өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети бюроның ис жүргизиўине 2022-жылдың 23-декабринде келип түскен.
Орынлаў ҳәрекетлери даўамында «Ustyurt Qidiruv burgulash Boshqarmasi» жәмийетиниң «Өзсанаатқурылысбанк» Қоңырат филиалындағы тийкарғы есап бетлери тоқтатып қойылған ҳәм мүлклерин анықлаў жумыслары алып барылған.
Нәтийжеде қарыздар жәмийеттен мәмлекет пайдасына өндирилиўи белгиленген 6,9 миллиард сум салық қарыздарлығы толық өндирилип, орынлаў ҳүжжети Өзбекстан Республикасы «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамның 41-статьясы 1-бөлими менен әмелде жуўмақланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги