“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық бөлимлери хызметкерлери ушын әдеп-икрамлылық қағыйдаларын сақлаў мәселелерине бағышланған оқыў-семинары болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң бөлим баслығы Ә.Өтеўлиев Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-октябрдеги “Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери тәрепинен әдеп-икрамлылық қағыйдаларына бойсынылыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарының мазмун-мәниси туўралы кең түрде түсиник берип өтти. Сондай-ақ, “Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында”ғы Нызам, “Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң әдеп-икрамлылық қағыйдалары” ҳәм “Әдеп-икрамлылық комиссиясы ҳаққында”ғы Режениң орынланыўын тәмийинлеў бойынша ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги