Мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында бажыхана шегаралары арқалы ҳәрекетленип атырған товар-материаллық байлықлардың бажыхана тексериўин, контрафакт өнимлериниң кирип келиўиниң алдын алыў, елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў ҳәм импортты оптималластырыў бағдарында исбилерменлик субъектлерине ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем бериў бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен өткен бир ай даўамында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен январь айы даўамында өзиниң фискал ўазыйпалары шеңберинде бажыхана төлемлеринен мәмлекет бюджетине 40,9 миллиард сум муғдарында пул қаржысы өткерилиўи тәмийинленген болып, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 78 процентке артқан.
Ҳүкимет қарарлары тийкарында исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде усыныслар, жеңилликлер шеңберинде басқарма тәрепинен усы дәўирде дерлик 18,5 миллиард сум муғдарында бажыхана төлеминен жеңиллик ҳәм преференция қолланылды.
Быйылғы жылдың январь айы даўамында басқарманың шешимлерине тийкарланып 7 шөлкемге 7,9 миллиард сум муғдарында бажыхана төлемин кешиктирип төлеўге рухсат берилди. Бул өз гезегинде исбилерменлик субъектлериниң аўырын жеңил етип, өзлериниң жумысын жақсы жолға қойып алыўына ҳәм халыққа жаңа жумыс орынларының жаратылыўына айрықша тирек ўазыйпасын атқармақта.
Быйылғы жылдың январь айында республикамыз бойынша товарлардың сыртқы саўда айланысы 37,5 миллион АҚШ долларын қурады. Соннан, 17,6 миллион АҚШ доллары муғдарындағы товар экспорты әмелге асырылған болса, импорт товарлардың үлеси 53 процентке тең болды.
Усы дәўирде Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы постлары арқалы экспорт етилген товарлардың көпшилигин пластмассадан исленген буйымлар, ийирилген жип, фармацевтика, химия санааты, жүн, тери ҳәм олардан исленген буйымлар, аўыл хожалығы, мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат өнимлерине туўра келмекте. Товарлардың импортында болса металлар ҳәм олардан исленген буйымлар, технологиялық әсбап-үскенелер, ағаш ҳәм тахтай, химия санаты, аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм нефьт өнимлери, транспорт ҳәм оның аўысық бөлеклери жетекшилик етпекте. Елимизде жумыс алып барып атырған исбилерменлеримиз Россия, Қытай, Қазақстан, Түркия, Латвия, Уллыбритания ҳәм Арқа Ирландия ҳәм басқа мәмлекетлер менен өз-ара саўда-сатық байланысларын жолға қойған.
Январь айында Аралықтан электрон декларациялаў (АЭД) бажыхана посты тәрепинен жәми 1 мың 360 бажыхана жүк декларациясы рәсмийлестирилген болып, олардың 60 проценти “жасыл”, 31 проценти – “сары” ҳәм тек ғана 9 проценти – “қызыл” жол арқалы рәсмийлестирилген. Бул болса, бажыхана уйымларында санластырыў процесслери менен бир қатарда, әмелиятқа енгизилген мәлимлеме системаларының нәтийжелилигиниң артыўы арқалы ҳадал жумыс пенен шуғылланып атырған исбилерменлик субъектлердиң қоллап-қуўатланыўына, олардың ўақыт ҳәм қәрежетлериниң үнемлениўине тийкар жаратпақта.
Деген менен, бажыхана шегаралары арқалы жаратылған шараятлардан ғәрезли мақсетлерде пайдаланып, мәмлекеттиң бюджетине өндирилетуғын бажыхана төлемлеринен “қашыў” мақсетинде қыңыр жоллар менен нызамсыз тәризде товар-материаллық байлықларды, рухсат етилмеген товарларды шегара арқалы алып өтиўге урынып атырғанларда ушырасады. Бундай нызамсыз ҳәрекетлерге шегараларымызды күни-түни қырағы қорғап турған бажыханашылар тәрепинен шек қойылмақта.
Республикамыздың бажыханашылары тәрепинен январь айының өзинде 27 жағдайда баҳасы 637 миллион сумлық товар-материаллық байлық услап қалынды. Усы дәўирде баҳасы 63,4 миллион сумлық 524 литр сапасы кепилленбеген спирт ҳәм жасалма усылда таярланған спиртли ишимликлердиң нызамсыз айланысының алды алынды. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда көлеми жағынан 332,9 литрге көбейген. Сондай-ақ, нәшебентлик затлар менен байланыслы бир жағдайда 5,34 гр героин нәшебентлик заты, күшли тәсир етиўши затлардан 43 дана “регапен”, 24 флакон “Тропикамид” дәрилериниң нызамсыз айланысына шек қойылды.
Бир сөз бенен айтқанда, бүгин бажыхана хызмети уйымларының жумысы исбилерменлик субъектлериниң өндирис көлеминиң ҳәм халықтың турақлы жумыс орынлары менен тәмийинленгенлик дәрежесиниң артыўына, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң аймағына контрафакт өнимлери, нәшебентлик ҳәм психотроп, оқ атар қуралларының, сапасыз азық-аўқат өнимлериниң кирип келиўиниң алды алынып, халқымыздың абадан ҳәм тыныш турмыс кешириўинде өз көринисин таппақта.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы