Нызам менен «ҳәким лаўазымын ийелеп турған шахс бир ўақыттың өзинде тийисли халық депутатлары Кеңесиниң баслығы лаўазымын ийелеўи мүмкин емес» деген қатаң норма орнатылмақта.

Ҳәзирги ўақытта Олий Мажлис Нызамшылық палатасының қоспа мәжилиси болып өтпекте. Депутатлардың атап өткениндей, алдынғы додалаўларда Конституциялық нызам жойбарынан ҳәкимлердиң халық депутатлары Кеңеслерине басшылық етиўин нәзерде тутыўшы қағыйда шығарып тасланған еди.

Бирақ жәмийетшилик тәрепинен берилген усынысларда бундай өзгеристиң өзи жетерли емеслиги, яғный ҳәкимлер халық депутатлары Кеңеслеринде басшы бола алмайтуғыны анық көрсетилиўи керек екенлиги билдирилген еди.

Соған муўапық, «ҳәким лаўазымын ийелеп турған шахс бир ўақыттың өзинде тийисли халық депутатлары Кеңесиниң баслығы лаўазымын ийелеўи мүмкин емес» деген қатаң норма орнатылмақта.

ӨзА