ӨзЛиДеП Нөкис районлық Кеңеси тәрепинен «Саламат шаңарақ – беккем шаңарақ» жойбары шеңберинде ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеў мақсетинде «Ҳаял саламат болса – жәмийет беккем болады» атамасында районлық медицина бирлеспесинде бийпул медициналық тексериў шөлкемлестирилди.
Мақсет – халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, әсиресе, ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм олардың медицина бойынша түсиниклерин арттырыў болып есапланады.
- Мен де бүгин усы бирлеспеге келип, қәнигелерден саламатлыққа итибарсыз қарамаў кереклиги ҳаққында мағлыўматларға ийе болып, бийпул медициналық тексериўден өттим,-дейди Бақаншақлы АПЖ турғыны О.Хожабаева. – Әлбетте, бундай илажлар ҳаял-қызлардың өз саламатлығына итибарлы болыўына ийтермелейди.
Илаж даўамында 15 ҳаял-қыз медициналық тексериўден өткерилип, оларға тийисли мәсләҳәтлер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги