Усы жылдың  21-февраль күни саат 07:40 лерде  Нөкис қаласы 27-киши районда жасаўшы 43 жасар Ж.Р., ишки ишлер уйымларының “102” қысқа номерине мүрәжат етип, сол күни үйиниң алдында турған өзине тийисли болған “НИВА” маркалы автомашинаның ашық қалдырғанынан пайдаланып, белгисиз биреўдиң алып қашқанлығын, автомашина табыўда ҳәм оны алып қашқан шахсқа нызамлы шара көриўди сораған.

Алып барылған тергеў-оператив илажлар нәтийжесинде автомашинаны белгисиз шахс қала бойлап басқарып киятырғанлығы анықланған ҳәм ишки ислер хызметкерлери тәрепинен транспорт қуралын тоқтатыў талап етилгенине қарамастан, олардың нызамлы талабын орынлаўдан бас тартқан. Нәтийжеде қашыўға ҳәрекет еткен ўақтында, автомашинаны басқарыўды жоғалтып, темир дәрўазаға урылған ҳәм ол Ишки ислер уйымлары хызметкерлери тәрепинен усланған.

Бул шахсқа анықлық киргизилгенде, ол Қоңырат районында жасаўшы 26 жастағы  И.Н. екенлиги ҳәм бул жынаятты мәс ҳалында ислегенлиги анықланды.

Бул жағдай бойынша Нөкис қаласы Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы жанындағы Тергеў бөлими тәрепинен пуқара И.Н. ға Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 267-статьясы 1-бөлими (Транспорт қуралын алып қашыў) менен жынаят иси қозғатылып, гүманланыўшы процессуал тәртипте усланған.

Ҳәзир тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы