Пуқара тәрепинен өзине тийисли болған буйымды, мүлкти ямаса усы буйым менен мүлкке болған ҳуқықын егер өзи қайтыс болған жағдайда белгили бир адамға ямаса тәрепке қалдырылыўы бойынша қәлеўин билдириўи ўәсият деп тән алынады.

Ўәсиятнама ўәсият етиўши адамның тиккелей жеке өзи тәрепинен дүзилиўи керек. Ўәсиятнаманың ўәкил арқалы дүзилиўине жол қойылмайды. Пуқара өзиниң барлық буйымларын, мүлкин ямаса оның арнаўлы бир бөлегин нызамға муўапық, өзиниң мийрасхорлары шеңберине киретуғын, соның менен бирге, кирмейтуғын бир ямаса бир неше тәрепке, сондай-ақ, юридикалық тәреплерге, мәмлекетке ямаса пуқаралардың өзин-өзи басқарыў шөлкемлерине ўәсият етиўи мүмкин.

Ўәсият етиўши нызам бойынша мийрасхорлардың биреўин, бир нешесин ямаса ҳәммесин түсиник бермеген ҳалда мийраслардан айырыўға ҳақылы. Нызам бойынша мийрасхорды мийрастан айырыў, егер ўәсиятнамадан басқа жағдайлар келип шықпаса, бул ўәсият етиўшиниң усыныс етиў ҳуқықы бойынша мийрасхор әўладларына қолланылмайды.

Пуқара мийрас етип қалдыратуғын ҳәр бир буйымы, мүлки ҳаққындағы буйрықты өз ишине алатуғын ўәсиятнаманы дүзиўге ҳақылы.

Мийрас қалдырыўшы ўәсият етип атырған ўақтында өзине тийисли болмаған буйым, мүлк ҳаққындағы буйрықты өз ишине алатуғын ўәсиятнама дүзиўге де ҳақылы. Егер мийраслар ашылған ўақытқа келип, бундай буйым, мүлк оған тийисли болып қалса, тийисли буйрық ҳақыйқый есапланады.Мийрас қалдырыўшы ўәсиятнама дүзилгенинен соң оны қәлеген ўақытта бийкарлаўы ҳәм өзгертиўи мүмкин. Онда ол бийкарлаў ямаса өзгертиў себеплерин көрсетиўге мәжбүр емес.Ол өз ўәсиятнамасында мийрасхор етип тайынланған тәреплерге, өз гезегинде қайтыс болыўы мүмкинлиги менен өзлерине ўәсият етилген буйым ямаса мүлкти арнаўлы тәризде ықтыяр етиў жөнинде көрсетпе бериў миннетлемесин жүклеўге ҳақылы емес. Ўәсият етиўши мийраслардың алыныўы ушын мийрасхорға тийисли пайының өзгешелигин нызамлы түрде шәрт етип қойыўға ҳақылы. Мийрасхорды белгилеў ямаса мийрасхорлық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы буйрыққа киргизилген нызамға қайшы келетуғын шәртлер ҳақыйқый есапланбайды.

Ўәсиятнамаға киргизилген, мийрасхор өз саламатлығының жағдайына ямаса басқа объектив себеплерге байланыслы атқара алмайтуғын шәртлер мийрасхордың даўасы бойынша ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин. Ўәсиятнама жазылған орны ҳәм ўақыты көрсетилген ҳалда жазба түрде дүзилиўи керек.

Нотариал тастыйықланған, нотариал тастыйықланған ўәсиятнамаларға теңлестирилген ўәсиятнамалар жазба түрде дүзилген есапланады.

Жазба түрдеги ўәсиятнамаға ўәсият етиўшиниң өз қолы менен қол қойылыўы шәрт.

Егер ўәсият етиўши физикалық кемшиликлери, кеселлиги ямаса саўатсызлығы себепли ўәсиятнамаға өз қолы менен қол қоя алмаса, оның сораўына бола нотариус ямаса нызамға муўапық ўәсиятнаманы тастыйықлайтуғын басқа тәреп ўәсият етиўши өз қолы менен қол қоя алмағанлығының себеплерин көрсеткен ҳалда ўәсиятнамаға қол қойыўы мүмкин.

Нотариус ямаса ўәсиятнаманы тастыйықлайтуғын басқа тәреп,  ўәсиятнама кимниң пайдасына дүзилген ямаса кимге байланыслы ўәсият миннетлемеси жүкленген болса, сол шахс, оның күйеўи (ҳаялы), балалары, ата-анасы, ақлықлары ҳәм қуўлықлары, соның менен бирге, ўәсият етиўшиниң нызам бойынша мийрасхорлары, толық мәмиле уқыбына ийе болмаған пуқаралар, саўаты жоқлар ҳәм ўәсиятнаманы оқый алмайтуғын басқа тәреплер, жалған гүўалық бергени ушын алдын судланғанлар ўәсият етиўшиниң орнына ўәсиятнамаға қол қойыўы мүмкин емес.

Нотариал тастыйықланған ўәсиятнама ўәсият етиўши тәрепинен жазылған ямаса оның сөзлеринен нотариус тәрепинен жазып алынған болыўы керек. Ўәсиятнаманы ўәсият етиўшиниң сөзлеринен нотариус тәрепинен жазып алыў ўақтында улыўма қабыл етилген техника қуралларынан (жазыў машинкасы, жеке компьютер ҳәм тағы басқалардан) пайдаланыўы мүмкин.

Ўәсият етиўшиниң сөзи менен нотариус тәрепинен жазып алынған ўәсиятнамаға қол қойыўдан алдын ўәсият етиўши оның текстин нотариус алдында толық оқып шығыўы керек.

Егер ўәсият етиўши физикалық кемшиликлери, кеселлиги ямаса саўатсызлығы себепли ўәсиятнаманы жеке өзи оқый алмаса, ўәсиятнаманың тексти ўәсият етиўшиге нотариус тәрепинен оқып еситтириледи, Бул ўәсиятнамада тийисли тәртипте белгиленип, ўәсият етиўши ўәсиятнаманы жеке өзи оқый алмағанлығының себеплери көрсетиледи.

Ўәсият етиўшиниң қәлеўине бола, нотариус ўәсиятнаманың мазмуны менен танысып шықпастан (жасырын ўәсиятнама) тастыйықлайды.

Кеселханалар, госпиталлар, басқа стационар емлеў мәкемелеринде емленип атырғанлар, кекселер ҳәм майыплығы болған инсанлар ушын интернат үйлеринде жасап атырған пуқаралардың әне сол емлеўханалар, госпиталлар ҳәм басқа емлеў мәкемелериниң бас шыпакерлери, олардың емлеў жумыслары бойынша орынбасарлары ямаса нәўбетши врачлары, соның менен бирге, госпиталлардың басшылары, кекселер ҳәм майыплығы болған инсанлар ушын интернат үйлериниң директорлары ямаса бас шыпакерлери тәрепинен тастыйықланған ўәсиятнамалар, пуқаралардың Өзбекстан Республикасы байрағы астындағы кемелерде жүзип жүрген ўақтындағы әне сол кемелердиң капитанлары тәрепинен тастыйықланған ўәсиятнамалар нотариал тастыйықланған ўәсиятнамаларға теңлестириледи.

Сондай-ақ, излеў экспедициялары ямаса сол сыяқлы басқа экспедициялардағы пуқаралардың әне сол экспедициялардың басшылары тәрепинен тастыйықланған, әскерий хызметкерлердиң, нотариуслар болмаған жерлерде жайласқан әскерий бөлимлерде болса, усы бөлимлерде ислеп атырған әскерий болмаған пуқаралар, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларының, әскерий бөлимлердиң командирлери тәрепинен тастыйықланған ўәсиятнамалар да нотариал тастыйықланған ўәсиятнамаларға теңлестириледи.

Еркинен айырыў орынларында ямаса қамаққа алынып сақланып атырған адамлардың тийисли мәкемелердиң басшылары, нотариус болмаған елатлы пунктлерде жасап атырған адамлардың нызамға муўапық нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў ҳуқықына ийе болған лаўазымлы шахслары тәрепинен тастыйықланған ўәсиятнамалар да усыған киреди.

Ўәсият етиўши қәлеген ўақытта өз ўәсиятнамасын толық түрде бийкарлаўға ямаса әмелдеги айырым ўәсият буйрықларын жаңа ўәсиятнама дүзиў арқалы бийкарлаўға, өзгертиўге ямаса толықтырыўға ҳақылы.

 

А.Айтниязова,

Нөкис қалалық жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус.

Қарақалпақстан хабар агентлиги