Алкольли өнимлерди төмендеги жағдайларда сатыў қадаған етиледи.
– саўда автоматлары арқалы;
– балалар ойыншықлары арқалы, конфетлер ямаса балалар ассортименти басқа да товарлары көринисинде;
– сатыў орынларында алкогольли ишимликлер 20 жасқа толмаған шахсларға сатылмаўы, сондай-ақ, алкогольли өнимлердиң инсан денсаўлығына унамсыз тәсири ҳаққындағы ескертиўши жазыўлар болмағанда;
– алкогольли өним ыдысында алкогольли өнимлерден пайдаланыў инсан денсаўлығына унамсыз тәсир көрсетиўи ҳаққындағы текст ямаса сүўрет түриндеги медициналық ескертиў болмағанда, сондай-ақ, идентификация қуралы менен мәжбүрий санлы маркировкаланбағанда;
– 20 жасқа толмаған шахсларға.
Қарақалпақстан хабар агентлиги