23-февраль күни Ташкент ўақты менен 16:24 те (23.02.2023-жыл, Гринвич бойынша 11:24 те) Тәжикстанда жер силкиниў жүз берди. Бул ҳаққында Айрықша жағдайлар министрлиги Сейсмопрогностикалық мониторинг Республикалық орайы хабар берди.
Жир силкиниў координаталары: 38,2 градус арқа кеңлик; 73 градус шығыс узынлық. Магнитуда М=5. Тереңлик 10 км. Жер силкиниў эпицентри Ташкенттен 470 км қубла-шығыста.
Өзбекстан Республикасы аймағында сезилиў күши:
- Ферғана ўәлаятында 2 балл, 264 км.
- Әндижан ўәлаятында 2 балл, 292 км.
Еслетип өтемиз, сол күни Тәжикстанда дәслеп жүз берген жир силкиниў күни Өзбекстанның дерлик барлық аймағында сезилди, кейин және бир неше мәрте жер қыймылдады.
Қәўипли тәрепи сонда, Тәжикстандағы жер силкиниўлер Сарез көлине жақын аймақта бақланбақта. Бул Өзбекстан ушын қандай қәўип туўдыратуғыны ҳаққында да тоқтап өткен едик.
Қарақалпақстан хабар агентлиги