Хожели районындағы Бунёдкор мәкан пуқаралар жыйынында заманагөй үш cпорт майданшасы пайдаланыўға тапсырылды.
Мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаў, балалардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм аймақты заманға сай ойын майданшалары менен тәмийинлеў мақсетинде Қаржы министрлигиниң Openbudget.uz жойбары шеңберинде мәҳәлле жаслары «Басламалы бюджет»ке усыныс жиберип, жеңисти қолға киргизди ҳәм футбол, волейбол, балалар майданшаларының қурылысы әмелге асырылды. Басламалы бюджет процесинде пуқаралардың ең көп даўысын жыйнаған усы 3 усыныс ушын жәми 700 миллион сум ажырытылып, «ООО Бекбай Строй» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурылыс жумыслары әмелге асырылды.
– «Басламалы бюджет»те пуқаралар инфраструктура, жол, мектеп ҳәм басқа да объектлерди жақсылаў бойынша жойбарларды усынып, жергиликли бюджеттиң бир бөлегин бөлистириўде қатнасады, -дейди район ҳәкими Ж.Ермашев. – Бунда өзимиздиң районымыздағы машқалаларды сапластырыў ушын бюджет қаржыларының әдил бөлистирилиўинде белсене қатнасқан жасларымызға миннетдаршылығымды билдиремен.
Сондай-ақ, усы аймақ турғыны спортшы М.Кәраматдинова «Бес баслама олимпиядасы»нда қатнасып, сыйлы орынды ийеледи ҳәм өзиниң мәҳәллесине «Street workout» спорт майданшасын жеңип алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги