Ҳәзирги ўақытта орынларда жергиликли депутатлар тәрепинен «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген пуқаралардың машқалаларын шешиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилмекте.

Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң депутаты Лола Хожаниязова өзи сайланған аймақ Саркоп АПЖ да «Ҳаял-қызлар дәптери»н қәлиплестириў жумысларының барысы менен танысты.

Ушырасыўда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлардың әҳмийети атап өтилип, «Басламалы бюджет»те даўыс бериў процесслеринде белсене қатнасыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Сайлаўшылардың машқалалары тыңланды.

Мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилген болса, айырымларының орынланыўы қадағалаўға алынатуғынлығы келисип алынды.

– Бүгинги күнде Саркоп АПЖ да 2400 ге шамалас ҳаял-қыз жасап атырған болса, соның 936 сын жасы 30 жастан асқан ҳаял-қызлар қурайды. Соннан, биз «Ҳаял-қызлар дәптери»ниң төртинши басқышына 145 ҳаял-қызды киргиздик. Олардың көпшилигин жумыс излеп атырған, жәмийетлик жумысларда ислеўге қәлеўи бар ҳаял-қызлар қурайды,-дейди усы АПЖ ның ҳаял-қызлар белсендиси Л.Акманова. – Жақын арада «Ҳаял-қызлар дәптери»не дизимге алынған ҳаял-қызлар бойынша тийисли илажлар алып барылып, жәрдем көрсетиледи.

Депутаттың ҳаял-қызлар менен сәўбетлесип, оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў мақсетиндеги ушырасыўы райондағы халық билимлендириў бөлимине қараслы 48-санлы улыўма билим бериў мектебинде де даўам етти.


Қарақалпақстан хабар агентлиги