Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында өткерилген «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен» атамасындағы руўхый-ағартыўшылық илажда усы мәселе ҳаққында сөз барды.
Жас әўладты миллий Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, ҳәр қыйлы руўхый қәўиплерден сақлаў ҳәм жаслар арасында экстремизм идеяларына берилиўдиң, диний турмыс тәризине бейимликтиң алдын алыў мақсетинде өткерилген илажда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими, Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы қәнигелери ҳәм басқалар шығып сөйледи.
Атап өтилгениндей, ҳәр қандай кеселликтиң алдын алыў ушын ең алды менен организмде оған қарсы гүресетуғын иммунитетти қәлиплестириў зәрүр екенлигин есапқа алып, жасларда ана Ўатанға муҳаббат, өз тарийхымызға, динимизге садықлық сезимлерин күшейтиў әҳмийетли болып табылады. Бүгинги күнде жаслар арасында диний турмыс ҳаққында қәте пикирлердиң қәлиплесип атырғаны, намаз оқыў ҳәм басқа да диний әмеллерди әмелге асырыўда интернеттеги ҳәр қыйлы мағлыўматларға исенбестен, рәсмий сайтларға ямаса аймақтағы диний хызметкерлерге мүрәжат етиў кереклиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги