Соңғы жылларда Аралбойы аймағында экологиялық жағдайды түп-тийкарынан жақсылаў, аймақты социал-экономикалық жақтан раўажландырыўды жеделлестириў ҳәм халықтың турмыс тәризин, дәраматларын арттырыўға бағдарланған кең көлемли реформалар әмелге асырылды.
Арал теңизиниң қурып қалған бөлиминде экосистеманы жақсылаў, изертлеўлер ҳәм инновациялардың алдынғы тәжирийбелерин енгизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Аралбойы аймағы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик траст фонды шөлкемлестирилди және Аралбойы аймағын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясы қабыл етилди.
Елимизде экологиялық жағдайды жақсылаў, Арал теңизиниң суўы қурыған ултаны ҳәм Аралбойы аймағынан көтерилип атырған қум, дуз ҳәм шаң бөлекшелериниң унамсыз тәсирлерин азайтыў, бул аймақларда шөл өсимликлеринен «жасыл қапламалар» пайда етиў жумысларын избе-из даўам еттириў мақсетинде быйыл 100 мың гектарлық жерге сексеўил, жыңғыл, қандым ҳәм қарабарақ сыяқлы өсимликлерди егиў жумыслары алып барылмақта.
Усындай ийгиликли басламаға мүнәсип үлес қосыў, соның менен бирге, Президентимиз Ш.Мирзиёевтың басшылығында Мойнақ районында әмелге асырылып атырған социал-экономикалық тараўлардағы реформалардың нәтийжелери менен таныстырыў мақсетинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тәрепинен бир қатар илажлар шөлкемлестирилди.
Сапардың дәслепки күни институт профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары жақында 900 жыллығы белгиленген уллы ағартыўшы Ҳәким ата – Сулайман Бақырғаний мақбарасын зыяратлап, бул жерде әмелге асырылған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў, сондай-ақ, археологиялық қазыў жумыслары менен танысты. Түркий халықлар арасында Хожа Аҳмед Яссаўийден кейинги данышпан сыпатында тән алынған Ҳәким атаның өмири, ийгиликли ислери, әўладларға қалдырған мийраслары туўралы баҳалы мағлыўматларға ийе болды. Сондай-ақ, райондағы Арал теңизи тарийхы музейи, Корабльлер қойымшылығы естелик комплексинде болып, бул жердеги экспонатлар, теңиздиң суўға толы ўақтына гүўа болған кемелер тарийхына байланыслы материаллар менен танысты. Район орайындағы мәденият сарайында институттың талантлы студентлери менен районлық мәденият бөлими хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы илаж қатнасыўшылары менен аймақ турғынларына көтериңки кейпият бағышлады.
Жаслар сапардың екинши күнинде ерте таңнан Аралдың қурыған ултанындағы «нолинши ноқат» деп аталатуғын орынға жолға атланды. Жол бойы олар теңиздиң түбинде «жасыл қапламалар» – қорғаныў тоғайлықларын пайда етиўдей тарийхый жумыслардың нәтийжелерине гүўа болды. Гөзленген мәнзилге жетип келген жаслар жақсы нийетлер менен сексеўил, жыңғыл нәллери ҳәм туқымларын белгиленген орынларға егип, ийгиликли ислерге өз үлеслерин қосты.
– Бүгин елимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, Арал теңизиниң суўы тартылыўы ақыбетинде жүзеге келип атырған экологиялық дағдарыстың унамсыз тәсирлерин азайтыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумысларға бизлер де азлы-кем үлесимизди қосып атырмыз. Мақсетимиз – келешек әўладларға қум, дуз ҳәм шаңларды емес, жасыл бағларды қалдырыў, – дейди институттың студентлер кеңеси жетекшиси Салтанат Оспанова.
Олий Мажлис Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары, сенатор Б.Матмуратов, Қарақалпақстан Респуликасы Инновациялық раўажланыў аймақлық басқармасының баслығы Н.Каюпов, жоқары оқыў орынларының ректорлары Б.Отемуратов ҳәм А.Реймовлар жаслар тәрепинен исленип атырған жумысларға жоқары баҳа берип, оларға миннетдаршылық билдирди.
Өз гезегинде, институт студентлери елимиз жасларының Арал ултанын жасылландырыўға үлеслерин қосыў жумысларын турақлы өткериў усынысларын билдирди.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги