Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-август күнги «Уллы ойшыл ҳәм алым Әбу Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығын халықаралық көлемде кең түрде белгилеў ҳаққында»ғы  қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Кегейли районында семинар шөлкемлестирилди.

Оған район ҳәкимлигиниң жуўапкер ўәкиллери, билимлендириў тараўы хызметкерлери, мектеп оқыўшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Семинарды Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Кегейли районлық бѳлими баслығы Б.Матеков ашты ҳәм басқарып барды.

Онда «Кегейли турмысы» газетасының редакторы Е.Мухамбетов, район ҳәкимлиги қәнигеси Қ.Аллахов ҳәм тағы басқалар шығып сөйлеп, уллы бабамыздың өмири, дүнья илими ҳәм мәдениятының раўажланыўына қосқан үлкен үлеси, жазып қалдырған мийнетлери туўралы кең түрде сөз етти.

Илажда Президент қарары тийкарында райондағы мәкеме ҳәм шөлкемлерде ислениўи тийис руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият илажларының барысы талқыланып, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы