Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Ең жақсы инновациялық қолланба” таңлаўы болып өтти. Таңлаўды университет ректоры А.Реймов кирис сөз бенен ашты. Буннан соң, университеттиң Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдимамбетов шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға таңлаўдың әҳмийети, өткерилиў тәртиби ҳаққында мағлыўмат берди.

Таңлаўға студент-жаслардан 20 дан аслам инновациялық жойбарлар келип түскен. Таңлаў шәртлери, баҳалаў критериясына тийкарланған ҳалда 11 қатнасыўшының жойбары кейинги басқышқа өткерилген. Таңлаўдың университет басқышында химия-технология факультетиниң 2-басқыш магистранты Оспанов Тимур биринши орынды ийеледи. Ал, Елмуратов Алпамыс ҳәм Төрежанов Исламжанлар 2-орын жеңимпазы болды. Төрешилер қурамының шешимине бола  Көптилеўов Сәрсенбай ҳәм Жеңисов Баўыржанлар таңлаўда өзлериниң усынған инновациялық жойбарлары менен 3-орынды ийелеўге еристи.



Жеңимпазлар университет “Инновациялық фонды” тәрепинен қаржылай сыйлықлар менен хошаметленди. Жеңимпаз болған студентлер өзлериниң  инновациялық жойбарлары менен таңлаўдың республикалық басқышына жоллама алды.

Таңлаўда Қарақалпақстан Республикасы Инновациялық раўажланыў басқармасының баслығы Н.Каюпов қатнасты.


Гулчеҳра Айтмуратова,

Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика
тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги