Мәҳәллелерде киши бизнес ҳәм исбилерменлик орталығын және де жақсылаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды дәраматлы мийнет пенен бәнт етиўди даўам еттириў мақсетинде:
– 2023-жылы шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңбериндеги жойбарларды қаржыландырыўға 13 триллион сум қаратылады;
– кредитлер тийкарғы түрде бағдарламалар бойынша бурын кредитлерден пайдаланбаған халық ҳәм исбилерменлерге ажыратылады;
– дийқан хожалықлары ҳәм киши исбилерменликке 50 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит бериледи;
– ҳәким жәрдемшисиниң усынысы бойынша кредит суммасының 10 миллион сумға шекемги бөлеги (өнемрментлер ушын 20 миллион сумға шекем) банк карталарына (нақластырыў имканиятын шеклеген ҳалда) өткерип бериледи;
– бағдарламалар шеңберинде кредитлерди жыллық 14 процент ставкада ажыратыў тәртиби сақлап қалынады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги