«Туризм хызметлерин сертификатлаў орайы» МУК мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, ендигиден былай Өзбекстанда мийманхана хызметлерин көрсетиўде турақлы жасаў орны ҳәм неке гүўалығы талап етилмейди.
Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасында туризм тараўын тиклеў ҳәм раўажландырыў ушын қолайлы шараятларды жаратыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып «Өзбекстан Республикасы аймағында жайластырыў бойынша хызметлерди көрсетиў тәртиби ҳаққында»ғы Реже тастыйықланған.
Режениң 5-бәнтине бола, мийманхана хызметлери турақлы жасаў орны, пуқаралық, физикалық тәреплердиң туўысқанлық ҳәм неке қатнасықлары, сондай-ақ, жеке өмир ҳуқықын шеклеўши басқа да факторларға қарамастан көрсетилиўи зәрүр екенлиги белгилеп қойылған.
Хабарда атап өтилиўинше, мийманхана хызметлерин көрсетиўши исбилерменлик субъектлери ишки тәртип қағыйдаларын ислеп шығыўы керек. Ислеп шығылған ишки тәртип қағыйдалары жоқарыдағы Реже талапларына қарсы болмаўы керек.
Соның менен бирге, Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 19-июньдағы 389-санлы қарары менен жаңа үлгидеги миллий айдаўшылық гүўалығына ийесиниң шахсын тастыйықлаўшы рәсмий мәмлекетлик ҳүжжет статусы берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги