Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-декабрьдеги ПП-32 санлы пәрманы тийкарында 2022-жылы республикамыздың 3 районында, атап айтқанда, Кегейли районы “Ақтуба” АПЖ аймағында 210 квартиралы 7 турақ жай, Қараөзек районы “Есим” МПЖ аймағында 168 квартиралы 6 турақ жай, Қанлыкөл районы “Наўрыз” МПЖ аймағынан 300 квартиралы 10 турақ жай қурылыўы белгиленген. Бүгинги күни бул объектлерде улыўма 678 квартиралы 5 қабатлы 23 турақ жайдың ҳәм усы массивлерде 3 мектеп, 3 бақша ҳәм 1 поликлиника имаратларының қурылысы алып барылмақта.
Әсиресе, Кегейли районында бул жумыслар нәтийжели әмелге асырылмақта.
-Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардыӊ социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында районымызда жаӊа турақ жайлар массивин шөлкемлестириў ушын «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны “Өтеген” елаты аймағынан 10,8 гектар жер майданы таӊлап алынды,-дейди Кегейли районы ҳәкимлигиниң бас қәнигеси Бахыт Қәдиров.- Жаңадан қурылып атырған турақ жай массивинде 2022-2024-жылларда ҳәр бири 30 квартирадан ибарат 20 көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы режелестирилип, буның нәтийжесинде 600 шаӊарақтың заманагөй турақ жайлар менен тәмийинлениўи белгиленбекте.
Өткен жылы жаңа турақ жай массивинде 7 көп қабатлы 30 квартирадан ибарат турақ жайлардың қурылысын алып барыў ушын ашық электрон-аукцион арқалы жумысты бөлип алып ислеўши кәрханалар тәрепинен жеӊип алынып, қурылыс жумыслары баслап жиберилди.
-2022-жылдың май айында қурылыс жумысларын баслаған едик,-дейди «Қарақалпақ технология монтаж сервис» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң прорабы Мақсет Омаров.-Бүгинги күнге келип өриў жумыслары жуўмақланып, айналарын салыў, сыбаў ҳәм пардозлаў жумыслары алып барылмақта. Бул имаратлардың қолайлы ҳәм қәўипсиз тәрепи сонда, онда турақ жайлардың жылытыў системасы орайластырылған тәртипте бир қазанхана тәрепинен әмелге асырылады. Сондай-ақ, жаңа Өзбекстан массиви турғынлары ушын аймақта мектеп, поликлиника ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң қурып берилиўи, жоллар салыныўы район халқының абадан турмыста жасаўы ушын исленип атырған ғамқорлық десек болады.
Ҳақыйқатында да, аймақта жүргизилип атырған бундай ири қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларының алып барылыўы адамларға айрықша қуўаныш ҳәм күш-жигер бағышлайды. Әлбетте, бул ийгиликли ислер келешек ушын беккем тырнақ болып хызмет ететуғынлығына исенемиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы