Өзбекстан Республикасы Президентиниң  «Өзбекстанда инсан ҳуқықлары тараўындағы миллий билимлендириў бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, быйылғы жылдың 20-28-февраль күнлери «Инсан ҳуқықлары ҳәптелиги» өткерилиўи белгиленген.

Қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы судларының судьялары тәрепинен Жаслар ислери агентлиги, прокуратура, әдиллик министрлиги ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте мәҳәллелерде «Инсан ҳуқықлары – жоқары қәдирият» атамасында cудья ҳәм жаслар ушырасыўлары, «Жаңа Өзбекстан ҳәм инсан ҳуқықлары» атамасында «Информация сааты» ҳәм «Ағартыўшылық сааты» илажлары өткерилмекте.

Гезектеги ушырасыў Қарақалпақстан Республикасы юридикалық техникумында шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов, Ҳәкимшилик суды баслығы А.Нурлипесов, Әдиллик министриниң орынбасары М.Абдижалиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимиздеги инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.


Атап өтилгениндей, Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, қорғаў ҳәм оған бойсыныў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан есапланады. Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасының Миллий стратегиясы шеңберинде жеке, сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықларды тәмийинлеў бойынша мақсетли илажлар әмелге асырылмақта.

2020-2024-жылларда инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышы әмелге асырылмақта. Усы басқыш жасларды теңлик, инсан ҳуқықларына әмел етиў ҳәм кемситпеў руўхында тәрбиялаў ҳәм инклюзив, тыныш жәмийетти жаратыўға мүмкиншилик бериўши билим бериўге қаратылған.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 7-февраль күнги ПҚ-46-санлы қарары тийкарында Инсан ҳуқықлары тараўындағы Миллий билимлендириў бағдарламасы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша «жол карта» тастыйықланды.

Баслы мақсет – БМШ тың Инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққындағы Декларациясының қағыйдалары ҳәм инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышын әмелге асырыў болып есапланады. Сондай-ақ, халықтың инсан ҳуқықлары менен еркинликлери ҳаққындағы миллий ҳәм халықаралық стандартлар бойынша хабардарлығын арттырыўдан ибарат.

– Ушырасыўда ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң пүткиллей жаңа системасы жаратылғанлығы, тек ғана жазалаў менен қорқытып, ҳуқықбузарлықтың ақыбети менен гүресиў емес, ал, нызамсыз ҳәрекетлер жүз бериўиниң алдын алыў ең әҳмийетли ўазыйпаға айланғанлығы атап өтилди,-дейди техникум оқыўшысы Бердибек Азербаев.

Илажда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.



Ҳәптелик шеңбериндеги усындай илажлар басқа да орынларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги