Әзиз Ўатанласлар!
Мәмлекетимиз абаданлығы, көшелеримиздиң көрки, шаңарақларымыздың берекетин арттырыў, онда кең жәмийетшиликтиң қатнасыўын тәмийинлеў бойынша усы жыл бәҳәр айларын руўхый пәклик, мәнаўий жетиклик, пикирлерди жаңалаўға умтылыў дәўири деп тәрийплеў мүмкин.
Бүгин елимиздеги тынышлық, халқымыздың артып баратырған турмыс дәрежеси, қала ҳәм аўылларымыздың көркем келбети, адамлардың сана-сезимлериндеги өзгерислер, улыўма, өмиримиздиң барлық тараўларындағы илгерилеўлер ўатанласларымыздың ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған реформаларға жанажан ўатанымыздың келешегине болған исенимин және де беккемлемекте.
Абадан турмысты бизге ҳеш ким, ҳеш қашан шеттен келип жаратып бермейтуғынын умытпаўымыз керек. Оны өзлеримиз, өз мийнетимиз бенен жаратсақ, анығырақ айтқанда, ҳәр биримиз өз мәҳәллемиз, аўылымыз, көше ҳәм хожалықларымыздың таза ҳәм пайызлы болыўы ушын үлесимизди қоссақ елимиз абат мәканға айланады.
Ерте сәҳәрде турып, көше-ҳәўлилеримизди сыпырып-сыйырып, дөгерекке суў сеўип, ҳәр түрли гүллер егиў қайсы шаңараққа шырай бағышламайды дейсиз. Бул бойынша шаңарақ ийелерине, жасларымызға, мәсләҳәтлер бериў, жол-жоба көрсетиў, дөретиўшиликке шақырыў, көпти көрген, тәжирийбели, нураный ақсақалларымыздың ең баслы ўазыйпасы.
Елимиздеги раўажланыўлар ҳәм өзгерислерде кексе әўлад ўәкиллериниң тутқан орны айрықша ҳәм оларға мәмлекетимиз тәрепинен қаратылып атырған итибар күннен-күнге артпақта.
Абаданлық бар жерде қут-берекет, мудамы раўажланыў ҳәм келешекке беккем исеним болатуғынлығын умытпайық.
Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳәм «Нураный жәмәәтшилик Кеңеси».
Қарақалпақстан хабар агентлиги