Усы жылдың 17-19-февраль аралығында спорттың таэквондо ИТФ түри бойынша  Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында 11 жастан 30 жасқа шекемги үлкен жастағылар, жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти. Бул чемпионатта Қарақалпақстан Республикасынан да бир қанша спортшылар қатнасты. Чемпионат жуўмағына бола +70 кг салмақ аралығындағы жаслар арасында ҳәм 9-6 лық дәреже тил жарысларында 16-17 жастағы қатнасыўшылар ишинде Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасқан Ирода Жиемуратова 1-орынды ийелеп,  алтын медаль менен сыйлықланды ҳәм март айында Ташкент қаласында болып өтетуғын Азия чемпионатына жоллама алды.

Ирода Нөкис қаласындағы 2-санлы кәсип-өнер мектеби оқыўшысы. Бир неше жылдан берли таэквондо итф спорт түри бойынша шуғылланып келмекте. Ироданың тренери Султан Бердимуратов шәкиртиниң бул жетискенлигине шын жүректен қуўанып, кейинги басқышқа күшли таярлық көриўди айтпақта.

-Кейинги чемпионатта да 1-орынды алыўға тырысып, Азия чемпионы болыўды алдыма мақсет етип қойғанман. Бул мақсетим жолында еле де мийнет етиўди даўам етемен-дейди спортшымыз.

Гулчеҳра Айтмуратова,

Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги