Нөкистеги 2-санлы спорт мектебинде 2006-2013-жыллар аралығында туўылған ер балалар ҳәм қызлар арасында таэквондо WT бойынша Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты болып өтти.

Усы жылдың 18-19-февраль күнлери аралығында өткерилген жарыста Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия резервлерин таярлаў орайы, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары шеберлик мектеби, Нөкис қаласындағы 1 ҳәм 2-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери, Жеке гүрес түрлери бойынша Қарақалпақстан Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби, сондай-ақ, 9 райондағы спорт мектеплериниң 430 дан аслам спортшылары қатнасты.  

Қарақалпақстан Республикасы спортты раўажландырыў министрлиги, Қарақалпақстан таэквондо WTF федерациясы, 2-санлы спорт мектеби тәрепинен шөлкемлестирилген беллесиўлер қызғын ҳәм жоқары кейпиятта өткерилди.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 29-июльдеги «Таэквондо (WT) спорт түрин және де раўажландырыў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жарыслар шөлкемлестирилди, -дейди Қарақалпақстан таэквондо WT федерациясы бас төрешиси Н.Дәлибаев. – Онда 2006-2008-жылларда туўылған спортшылар 42 килограмнан 78 килограмға шекем, 2009-2011-жылларда туўылған спортшылар 29 килограмнан 65 килограмға шекем, 2012-2013-жыллар аралығында туўылған спортшылар 24 килограмнан 40 килограмға шекемги салмақта беллести.


Жарыс жуўмағында 100 ден аслам ул ҳәм қыз балалар биринши, екинши ҳәм үшинши орын жеңимпазлары сыпатында шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги