Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Workout» спорт түри бойынша университет бириншилиги болып өтти.

Жарыс Президентимиздиң 2021-жыл 5-ноябрьдеги «Жүриў, жуўырыў, мини-футбол, бадминтон, стритбол ҳәм «Workоut» спорт түрлерин және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм «Жаслар арасында нәшебентлик ҳәм психотроп затлардың тарқалыўына қарсы гүресиў» айлығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилди.

Бириншиликте университет студент-жасларынан ибарат 10 команда қатнасып, олар өз-ара күш сынасты.


Жарыс жуўмағында ер балалар арасында дене мәденияты тәлим бағдарының 3-курс студентлери биринши орынды қолға киргизип, спорттың «Workоut» түри бойынша тәжирийбеге ийе екенлигин көрсетти. Ал, ҳаял-қызлар арасында биринши орын ҳаял-қызлар спорты тәлим бағдарының 4-курс студентлерине несип етти.

-Жарысты өткериўден мақсет – студентлер арасында спорттың «Workоut» түрин ен жайдырыў арқалы олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, спорт шеберлигин арттырыў, қәбилетли студент-жасларды анықлаў болып табылады, -дейди дене мәденияты факультети деканының жаслар менен ислесиў бойынша орынбасары Р.Өтениязов. – Келешекте университет көлеминде усы спорт түрин және де раўажландырыў ҳәм кеңнен ен жайдырыў бойынша бир қанша илажларды әмелге асырыў нийетимиз бар.

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги