Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы жақын қоңсышылық қарым-қатнасықларын буннан былай да беккемлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетлеримиз арасындағы дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен Түркменстан Президентиниң тийисли пәрманы менен Өзбекстан Республикасына 52 вагонда 2000 тонна суйылттырылған газ жиберилди.


Нөкис темир жол вокзалында усы жүклерди қабыл етип алыў мәресими болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев  ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилер, Президентимиздиң басшылығында қоңсылас мәмлекетлер, соның ишинде, Түркменстан менен  мәдений ҳәм руўхый-ағартыўшылық тараўларындағы бирге ислесиўди жоқары басқышқа алып шығыў, экономикалық қатнасықларды буннан былайда раўажландырыў, перспективалы жойбарларды ислеп шығыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Бүгинги күни елимизде жасап атырған 130 дан артық миллет ўәкиллери арасында 200 мыңнан аслам түркмен миллети ўәкиллери мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында мийнет етпекте. Соннан  Қарақалпақстан Республикасы аймағында да туўысқан түркмен миллетинен болған ўатанласларымыз халқымыз бенен бирге, татыў турмыста жасап келмекте.




Бийғәрез жәрдем сыпатында жетип келген суйылттырылған газдиң 26 вагоны, яғный 1000 тоннасы республикамыздың алыс аймақларында жасаўшы, газ жетип бармаған шаңарақларға бийпул тарқатылады.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги