Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Реймов пайтахтымыздағы Қурылысшы мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен жеке сәўбетлесиўлер өткерип, онда елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилип, сайлаўшылардың мүрәжатлары үйренилди.
Ушырасыў даўамында «Меҳир ҳәрекети» илажлары шеңберинде шараяты аўыр, бағыўшысынан айырылған, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәжлиги бар шаңарақларға азық-аўқат өнимлеринен жәрдем көрсетилип, шаңарақ ағзаларының басқа да машқалалары үйренилди. Олар менен бирге ислесиўди күшейтип, халық пенен тығыз байланыста болып, оларды қыйнап киятырған машқалалар турақлы итибарға алынатуғынлығы, тийисли уйымларға жеткерилетуғынлығы атап өтилди.
Орынларда бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги