2023-жыл 1-январь жағдайында Россия халқы 146,424 миллион адамды қурады, бул алдыңғы жыл менен салыстырғанда 555 мың адамға аз, делинеди «Синьхуа» агентлигиниң Росстат мағлыўматларына сүйенип берген хабарында.
Соңғы мағлыўматларға бола, Россияда қала халқы 109,6 миллион адамды қурады, аўылда болса 36,8 миллион адам жасайтуғыны атап өтилмекте.
Орайлық федераль округте 40 миллион адам жасамақта, олардан 13 миллионы Москвада жасайды. Арқа-батыс федераль округинде 13,6 миллион адам турақлы жасайды, дерлик 5,6 миллион адам Санкт-Петербург қаласының халқы болып есапланады.
Россияда ҳәзирги ўақытта халқы миллион адамнан артық қалалар саны 16 ға жеткен. Олардың ең ириси Москва, Санкт-Петербург ҳәм Новосибирск қалалары болып есапланады.
ӨзА